Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Qaraózek rayonında saltanatlı toylar hám basqa da shańaraqlıq máresimlerdi ıqshamlastırıw, olardı milliy qádiriyatlarımızǵa say, ápiwayılıq hám únemlilik tiykarında ótkeriwge qaratılǵan úgit-násiyat ilajı shólkemlestirildi.
янв.21
Múnásibet
янв.21
Múnásibet
янв.21
Múnásibet
янв.21
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтыӊ «Орайлық Азия жаӊа дәўир босағасында» атлы мақаласын үгит-нәсиятлаў бойынша ушырасыў өткерилди.
янв.21
Қараөзек районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 8-санлы мектепте Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтыӊ «Орайлық Азия жаӊа дәўир босағасында» атлы мақаласын үгит-нәсиятлаў бойынша ушырасыў өткерилди.
янв.21
Қараөзек районы Қутлы мәкан мәҳәллесинде жайласқан 33-санлы мектепте "Үш әўлад ушырасыўы" шөлкемлестирилди.
янв.21
Қараөзек районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими мәжилислер залында Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы районлық бөлими тәрепинен Халық депутатлары районлық Кеӊеси менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтыӊ «Орайлық Азия жаӊа дәўир босағасында» атлы мақаласын үгит-нәсиятлаў бойынша ушырасыў өткерилди.
янв.21
Өзбекстан Республикасы Конституциясы, мәмлекетлик гимни ҳәм Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген сәнелер мүнәсибети менен Қараөзек районы Қойбақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 3-санлы мектепте салтанатлы кеше өткерилди.
янв.21
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 12-Қаракөл сайлаў округинен депутат А.Келимбетова ҳәм районлық Әдиллик баслығы А.Искендеров политехникум оқыўшы жаслары менен ушырасты.
Қатарымыздағы жаслар жойбары

Шымбай районы ХДП: БЕЛСЕНДИ ЖАСЛАР МЕНЕН ПАРТИЯ ҚАТАРЫ КЕҢЕЙМЕКТЕ

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеӊеси тәрепинен жаслар менен ашық пикирлесиў, олардың сиясий билимлерин арттырыў мақсетинде «Экономика колледж» басланғыш партия шөлкеминде “Қатарымыздағы жаслар” жойбары шеңберинде жаслар менен ушырасыў өткерилди.

Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы Х.Абдижалиев, «Экономика колледж» басланғыш партия шөлкеми ағзалары ҳәм белсенди жаслар катнасты.

Ушырасыўда сөзге шыққанлар бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, жасларға жаратылып атырған мүмкиншиликлер, олардың өз басламаларын жүзеге шығарыўлары ушын жаратылған шараятлар ҳаққында, соның менен бирге, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсият етиўде партия шөлкемлери ҳәм депутатлар тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳәм партияның жаслар менен ислесиў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Ушырасыўда партия қатарына жаңадан қабыл етилген бир қатар жасларға партияның ағзалық гүўалықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Илаж қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Slide 1 of 7