Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Shańaraq-muqaddes
янв.21
Xalıq deputatları Qaraózek rayonlıq Keńesiniń gezektegi on birinshi sessiyası bolıp ótti.
янв.21
2-sentyabr sánesinde pútkil respublikamız boylap ulıwma orta bilim beriw mekteplerinde jańa oqıw jılı saltanatlı túrde baslanıp, birinshi qońıraw ilajları kóterińki ruwxta ótkerilmekte.
янв.21
Ózbekstan Respublikası Oliy Majlisi Nızamshılıq palatasınıń deputatı, "Adolat" SDP frakciyasınıń aǵzası Nodira Rashidova hám Xalıq deputatları Qaraózek rayonlıq Keńesi deputatları, "Adolat" SDP rayonlıq Keńesi wákilleri menen birgelikte "Ǵárezsizlik gúzarı" hám "Qutlı mákan" mákan puqaralar jıyınında boldı.
янв.21
Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниӊ отыз төрт жыллығы пүткил елимиз бойлап көтериӊки руўхта белгиленбекте.
янв.21
Xalıq deputatları Qaraózek rayonlıq Keńesindegi Isbilermenler háreketi - Ózbekstan Liberal demokratiyalıq partiyası deputatlıq toparı hámX partiya rayonlıq Keńesi tárepinen Ózbekstan sawda-sanaat palatası rayonlıq bóliminiń 2025-jil birinshi yarım jıllıǵı dawamında ámelge asırılgan jumısları boyınsha esabatı tıńlandı.
янв.21
Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле-журт көрки» сүрени тийкарында улыўмахалықлық шембилиги Қараөзек районында қызғын даўам етпекте.
янв.21
Өзбекстан Экологиялық партиясы Қараөзек районлық Кеӊеси ҳәм "Ата мәкан" мәкан пуқаралар жыйыны белсендилери «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле - журт көрки» сүрени тийкарында шембиликке белсене қатнасты.
янв.21
Усы жылдыӊ 22-23-август күнлери Республикамыз бойлап улыўмахалықлық шембилиги тийкарында Исбилерменлер ҳәрекети - Өзбекстан Либераль демократиялық партиясы Қараөзек районлық Кеӊеси ҳәм Ғәрезсизлик гүзары мәкан пуқаралар жыйыны ўәкиллери менен биргеликте аймақтағы И.Юсупов көшесинде «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле-журт көрки» сүрени тийкарында шембилик өткерилди.
янв.21
ХАЛҚЫМЫЗ АБАДАНЛЫҒЫ УШЫН
Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниӊ отыз төрт жыллығы пүткил елимиз бойлап көтериӊки руўхта белгиленбекте.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниӊ отыз төрт жыллығы пүткил елимиз бойлап көтериӊки руўхта белгиленбекте. Байрам салтанатлары Қараөзек районында жаӊа объектлер ҳәм халық дем алыў орныныӊ рәсмий ашылыўлары менен басланды. “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы арқалы халқымыз усынысы менен районда Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайы ҳәм сарай жанында заманагөй музей шөлкемлестириў жойбары жеӊимпаз болып, "REIM-QURILIS" ЖШЖ тәрепинен 1 млрд 360 млн сўм қаржы есабынан заманагөй қолайлықларға ийе орай имәраты қайта реконструкцияланып үскенелер менен тәмийинленди. Усы имәраттыӊ ашылыў мәресимине район ҳәкими А.Баймуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Ш. Өтемисов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов ҳәм районлық Кеӊес депутатлары, нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.

Slide 1 of 7