Yangiliklar

Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларының нәўбеттеги мәжилиси

Бүгин 2024-жыл 23-январь күни Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларының ис-режесине тийкар Инсан социаллық хызметлер орайы, Жаслар ислери агентлиги ҳәм район ҳәкиминиң орынбасары - шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлим баслықларының әмелге асырылған жумыслары ҳаққында есабатлары тиккелей эфир арқалы тыңланды. Бунда, эфир қатнасыўшылары тараўларға байланыслы сораўларын берип, басшылар тәрепинен толық жуўапларын алды.

Slide 1 of 1