Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
Мен, 16 -“Жийен жыраў” сайлаў округинен Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңеси депутаты Пирназаров Қунназар усы жылы белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында 2025-жыл даўамында әмелге асырған жумысларым бойынша есабат.
Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңеси Сессияларында қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин ҳаққында түсиниклер берилди.
Соның менен бирге, жылдың атмасына сәйкес қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 8 мүрәжат келип түскен болып, мүрәжатлар тийисли жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешим тапты.
Мәселен, райондағы “Қанлыкөл” посёлка пуқаралар жыйыны аймағында 809 млн сум болған 4,4 км ишимлик суўы тармақлары январ-март айларында қурылды. Натийжеде 10 156 дан артық халық 217 хожалық ишимлик суўы менен үзликсиз тамиийнленди.
Соны да атап өтиў орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы екенлиги, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлықлары билдирди.
Сессия, турақлы комиссия ҳәм депутатлық топар мәжилислеринде турақлы қатнасып, онда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.
Пирназаров Қунназар,
16 -“ Жийен жыраў” сайлаў округинен Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңеси депутаты