Халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, оларды қыйнап атырған машқалаларды үйрениў ҳәм шешимин табыў барысында Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан сайланған депутатлар тәрепинен “Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде әмелий илажлар алып барлмақта.
Бозатаў районы “Көк суў” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Қазақ аўыл ҳәм Мақсым аўыл елатлы пунктлери аймағындағы 1,5 км. ишки жоллар оңланбай қалғанлығы бойынша сайлаўшылардың мүрәжаты 15-“Шахаман” сайлаў округинен Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңеси депутаты, партия топары ағзасы А.Аблакумов тәрепинен үйренилип депутат сораўы жиберилген еди. Нәтийжеде тийисли кәрхана тәрепинен жолларды оңлаў жумыслары баслап жиберилди ҳәм пуқаралардың мүрәжаты унамлы шешим таппақта.
✅ Жолларды оңлаў жумысларының барысы депутат А.Аблакумов тәрепинен қадағалаўға алынды.