Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Fuqaro murojaati o‘rganildi
янв.21
Fuqarolarning murojaati o‘rganildi
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining 9-Botmon saylov okrugidan saylangan deputati Z.Turdiyev tomonidan o‘z saylov okrugida xotin-qizlarni qo‘llab-quvvatlash, ularning tadbirkorlik faoliyatini amalga oshirishiga ko‘maklashish, shuningdek, huquq va qonuniy manfaatlarini himoya qilish borasida amalga oshirilayotgan ishlar o‘rganildi.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashi Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi raisi M.Nurmanova tomonidan 28-oilaviy poliklinikada O‘zbekiston Respublikasi Vazirlar Mahkamasining 2025-yil 11-noyabrdagi 718-son qarori yuzasidan o‘rganish va tushuntirish ishlari olib borildi.
янв.21
Ko‘lto‘sin mahallasida yangi poliklinika qurilishi o‘rganildi
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashi Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi raisi M.Nurmanova tomonidan tumandagi 73-maktabda O‘zbekiston Respublikasi Vazirlar Mahkamasining 2021-yil 22-iyundagi 388-son “Yoshlar va xotin-qizlarni kasb-hunar va tadbirkorlikka o‘qitish dasturlarini samarali amalga oshirish hamda ularning tadbirkorlik faoliyati uchun mikrokreditlar ajratish chora-tadbirlari to‘g‘risida”gi qarori mazmun-mohiyati yuzasidan tadbir ishtirokchilariga tushuntirish berildi.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining mahalliy budjet, tadbirkorlikni rivojlantirish va iqtisodiy islohotlar masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi kotibi M. Musurmonov tomonidan Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining 2026-yil 17-fevraldagi VII-22-20-7-100-K/26-son qarori ijrosi doirasida amalga oshirilayotgan ishlar o‘rganildi.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining 8-O‘rtato‘sin saylov okrugidan saylangan deputati B.Shakarov tomonidan G‘allakor mahallasida fuqarolarning murojaatlari o‘rganildi.
янв.21
Hokim yordamchisi faoliyati o‘rganildi
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining 6-Farovon saylov okrugidan saylangan deputati N. Ochilova tomonidan 1-sonli umumiy o‘rta ta’lim maktabida kuz-qish mavsumiga tayyorgarlik holati o‘rganildi.
Муносабат

Бүгин қойылып атырған қәдем - ертеңги абадан Қарақалпақстанның беккем тийкары • 23 сентября в 15:21

Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2026-жыл 18-19-сентябрь күнлери Қарақалпақстанға етиў сапарында аймақтың раўажланыўы ушын жаңа бағдарламаларды белгиленип, 11 жойбар иске қосылған ҳәм сырт елли шериклер менен 7 миллиард долларлық 47 жаңа жойбарға старт берилген.

   •  Аймақтың экономикасы тез өсимде: 2016-жылы 8,5 триллион сум болған ЖАО 2026-жылда 54 триллион сумнан асты, ал соңғы 9 жылда 5 миллиард доллардан аслам инвестиция тартылған.

   •  Қарақалпақстанды «жасыл санаат коридоры» ҳәм «интеллектуаллық экономика» аймағына айландырыў, сондай-ақ жасалма интеллект үшин 8 миллиард долларлық 6 жойбарды әмелге асырыў мақсетлengen.

   •  Инфраструктураны жаңалыў: Ташкент-Нөкис тезжүрер поездын 2027-жыл марттан жолға қойыў (ўақт 16 сааттан 7 саатқа қысқарады) ҳәм суў имаратларын модернизациялаў бойынша басымлық берилмекте.

   •  2027-жылға қарай тағы 5 миллиард доллар инвестиция тартыў ҳәм районларда мыңлаған жаңа жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў режелестирилген.

Cocoon AI Summary

Қарақалпақстанда жаңаланыў ҳәм раўажланыўдың жаңа мәнзиллери барған сайын кеңеймекте. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 18-19-сентябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына әмелге асырған еки күнлик сапары аймақ турмысындағы әҳмиетли ўақыя сыпатында тарийх бетлеринен орын алды. Бул сапар әпиўайы хызмет сапары емес, ал Қарақалпақстанның жақын ҳәм узақ перспективасын белгилеп берген, жаңа имканиятларды анық ўазыйпаларға айландырған әҳмиетли бағдарламалық жумыслар болды.

Сапардың биринши күнинде-ақ аймақ экономикасы ушын салмақлы нәтийжелер атап өтилди. Қарақалпақстанда 592 миллион долларлық 11 жойбар иске қосылды, сырт елли шериклердиң қатнасыўында 7 миллиард долларлық 47 жаңа жойбардың қурылысына старт берилди. Олардың әмелге асырылыўы мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратыў, санаат потенциалын арттырыў ҳәм халықтың дәраматларын көбейтиў ушын жаңа имканиятлар ашады.

Бүгин Қарақалпақстан экономикасындағы өзгерислер санларда да айқын көзге тасланбақта. 2016-жылы аймақтың жалпы аймақлық өними 8,5 триллион сумды қураған болса, усы жылдың басында бул көрсеткиш 54 триллион сумнан асты. Жедел исбилерменлик субектлериниң саны 26,5 мыңға жетти. Соңғы тоғыз жылда жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў мақсетинде Қарақалпақстанға 5 миллиард доллардан аслам инвестиция киргизилди.

Сапар етиўде аймақтың ең үлкен байлықларынан бири - оның тәбийғый ҳәм енергетикалық потенциалын заманагөй технологиялар менен үйлестириўге айрықша итибар қаратылды. Қарақалпақстанды "жасыл санаат коридоры" ҳәм "интеллектуаллық экономика" аймағына айландырыў бойынша әҳмиетли ўазыйпалар белгиленди. Жасалма интеллект ҳәм дата-орайлар ушын шөлкемлестирилетуғын арнаўлы зонада 8 миллиард долларлық 6 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.

Және бир әҳмиетли тәрепи - инсан қәдири ҳәм халықтың абаданлығы сапар етиў күн тәртибиниң орайында болды. Келеси жылы Қарақалпақстанға 5 миллиард доллар инвестиция тартыў, районларда 2-3 мыңнан аслам жоқары дәраматлы жумыс орынларын жарататуғын жойбарларды иске қосыў ўазыйпасы қойылды. Бул болса экономикалық өсиўдиң тийкарғы өлшеми сыпатында жаңа жумыс орынлары ҳәм халықтың дәраматларын көбейтиўге итибар берилип атырғанын көрсетеди.

Қарақалпақстанның келешеги, бәринен бурын, жаслар менен байланыслы. Сонлықтан заманагөй кәсиплер, мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект ҳәм санлы экономика бағдарларында кадрлар таярлаўға үлкен әҳмиет берилмекте. Бул бағдарда аймақта жоқары дәраматлы, заманагөй мийнет базарының талапларына сәйкес жумыс орынларын көбейтиў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Аўыл хожалығында болса суўдан нәтийжели пайдаланыў тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында көрсетилди. Ҳәзирги ўақытта аймақта 417 мың гектар жерди суўғарыў ушын 5,7 миллиард куб метр суў жумсалмақта ҳәм суў жоғалтыўлары 38 процентти қурамақта. Сол себепли каналларды бетонлаў, суў имаратларын модернизациялаў ҳәм насосларды жаңалаўға үлкен қаржылар қаратылады.

Сапар даўамында транспорт ҳәм социаллық инфраструктураны модернизациялаўға да айрықша итибар қаратылды. Келеси жылы март айынан Ташкент-Нөкис тезжүрер поездының қатнаўын жолға қойыў режелестирилген болып, бул еки қала арасындағы қатнаў ўақтын 16 сааттан 7 саатқа қысқартыў имканиятын береди. Нөкисте заманагөй спорт ҳәм медицина инфраструктурасының раўажланыўы да халық ушын жаңа имканиятларды кеңейтпекте.

Президентимиздиң еки күнлик сапары бизге және бир әҳмиетли ҳақыйқатты аңлатты: Қарақалпақстан раўажланыўы енди тек ғана бар имканиятлардан пайдаланыў менен шекленбейди. Енди тийкарғы мақсет - ресурсты таяр өнимге, инвестицияны жаңа жумыс орнына, инновацияны жоқары дәраматқа, реформаны болса инсан абаданлығына айландырыў. Бул жолда ҳәр бир район, ҳәр бир мәҳәлле ҳәм ҳәр бир тараў алдына анық ўазыйпалар қойылмақта.

Ең әҳмиетлиси, бүгин Қарақалпақстан ҳаққында сөз болғанда, гәп тек ғана санлар ямаса үлкен жойбарлар ҳаққында емес. Гәп - халықтың ертеңги күни, перзентлеримиздиң келешеги, жаңа жумыс орынлары, мүнәсип дәрамат, заманагөй қала ҳәм аўыллар, абат мәҳәллелер ҳаққында. Президентимиздиң сапары мине усы ийгиликли мақсетлерди және де анық ҳәм кең көлемде белгилеп берди.

Қарақалпақстанда жаңа жойбарлар, жаңа жумыс орынлары, жаңа технологиялар ҳәм жаңа имканиятларға қарай исенимли қәдем тасланбақта. Бүгин қойылып атырған қәдем - ертеңги абадан Қарақалпақстанның беккем тийкары болып есапланады.

А.Матчанов
Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты