Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Маърифат маҳалласида хотин-қизлар билан ишлаш фаолияти ўрганилди
янв.21
Халқаро лойиҳалар ижроси, янги спорт аренаси ва депутат фаолияти диққат марказида.
янв.21
Битирувчи ёшларнинг мақсадлари қўллаб-қувватланди
янв.21
Депутат назорати.
янв.21
Юқори маҳалласида “еттилик” ва фаоллар билан учрашув ўтказилди
янв.21
Ёшлар келажаги — эътибор марказида
янв.21
Депутат сўроваи
янв.21
Депутат сўрови
янв.21
Депутат сўрови натижаси.
янв.21
Депутат ёшлар билан
Шымбайда аймақлардағы шақырыўға шекемги басланғыш таярлық оқытыўшылары менен ушырасыў өткерилди

Шымбай районы «Көнши» МПЖ аймағында райондағы улыўма билим бериў мектеплериниң шақырыўға шекемги басланғыш таярлық оқытыўшылары менен ушырасыў болып өтти.
Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков, районлық Қорғаныў ислеп бөлими баслығы Ф.Назаров ҳәм Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетовлар қатнасты.
Ушырасыўда депутат О.Толыбеков тәрепинен бүгинги күнде қабыл етилген Нызамлар, Президент Пәрман ҳәм Қарарлары ҳәмде Республиканы социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарарлар ҳаққында кең түсиник берди. Сондай-ақ, қабыл етилип атырған ҳәр бир ҳуқықый ҳүжжеттиң тийкарында халықтың жасаў шараятын жақсылаў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғаўды күшейтиў турғанлығы айрықша атап өтилди.
Ушырасыў соңында тараў хызметкерлерине бул реформалардың мазмун-мәнисин оқыўшы-жаслар ҳәм кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятлаў, мәҳәллелерде елимизде алып барылып атырған өзгерислерди дурыс жеткерип бериў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Slide 1 of 5