Депутатлық қадағалаў: Районлық Электр тәмийинлеў болими тәрепинен әмелге асырылған жумыслар үйренилди
Пуқараларды, социаллық тараў объектлерин ҳәм исбилерменлик субъектлерин исенимли электр энергиясы менен тәмийинлеў, тармақларды жаңарттырыў ҳәм гүз-қыс мәўсимине пуҳта таярлық көриў мәселелери айрықша итибарды талап етпекте.
✅ Усы жумыслардың орынланыўын қадағалаў мақсетинде Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков районлық электр тармақлары карханасының жумысы менен жақыннан танысты.
♻️ Үйрениў даўамында аймақлардағы трансформатор пунктлерин ҳәм ҳаўа электр узатыў тармақларын оңлаў, инфраструктураның қәўипсизлигин арттырыў ҳәм авариялық жағдайлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар көрип шығылды. Соның менен бирге, электр тәмийинлеўинде узилислерге жол қоймаў, авариялық-тиклеў бригадаларының таярлығын арттырыў ҳәм пуқаралардан түсип атырған мүрәжатларға жедел мүнәсибет билдириў бойынша кархана қәнигелерине тийисли усыныслар берилди.
✍️ Аймақта халықтың турмыс сапасын арттырыўға ҳәм электр тармақларының турақлы ислеўин тәмийинлеўге қаратылған депутатлық қадағалаў жумыслары даўам еттирилмекте.