Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
📣Xalq deputatlari O'zbekiston tuman Kengashining Mahalliy budjet tadbirkorlikni rivojlantirish iqtisodiy islohotlar bo'yicha doimiy komissiyasi va Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo'yicha doimiy komissiyalarining yig'lishi bo'lib o'tdi
янв.21
Bayroq – g‘ururimiz, birligimiz ramzi!
янв.21
Xalq deputatlari O'zbekiston tuman Kengashi "10-Karimobod" saylov okrugi deputati M. Sobirov Tuyul mahallasida amalga oshirilayotgan ishlar bilan tanishdi.
янв.21
🌱 “Yashil makon” umummilliy loyihasi doirasida ko‘chat ekish tadbiri o‘tkazildi
янв.21
Xalq deputatlari Farg‘ona viloyat Kengash deputati  R. Xakimov va Xalq deputatlari O‘zbekiston tuman Kengashi deputati M. Sobirovlar 49-umumiy o‘rta taʼlim maktabida kuz-qish mavsumiga tayyorgarlik jarayonlarini o‘rganishdi.
янв.21
Mehr va saxovat – insoniyatning eng go‘zal fazilati
янв.21
“Fidokor mehnat-el faxri”
янв.21
Xalq deputatlari O'zbekiston tuman Kengashi 17-Davlatbotir saylov okrugi deputati I.Axmedov hududddagi 34-umumiy o'rta talim maktabining yangi binosini yurulish jarayonlari bilan tanishdii
янв.21
📣Xalq deputatlari O‘zbekiston tuman Kengashi 20-O‘qchi saylov okrugi deputati N.Xasanova tomonidan O‘zbekiston tuman Maktabgacha va maktab ta’lim bo‘limiga qarashli 17-umumiy o‘rta ta’lim maktabining o‘quv mavsumiga tayyorgarlik holati o'rganildi!
янв.21
Sho‘rqishloqda deputat uchrashuvi
МҮНӘСИБЕТ

 Ҳәр бир жәмийеттиң раўажланыўы, еӊ дәслеп, жас әўладлардыӊ тәлим-тәрбиясына байланыслы. Билимли, заманагөй пикирлейтуғын ҳәм жоқары мәнаўиятлы жаслар - елимиз келешегиниң тийкарғы таянышы болып есапланады. Соның ушын да билимлендириў тараўын раўажландырыў, жасларға кең имканиятлар жаратыў мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бирине айланған.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2025-жыл 14-августта қабыл етилген "Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында"ғы қарар елимиздиң раўажланыўы жолында және бир үлкен қәдем болды. 

Онда белгиленген тийкарғы бағдарлардан бири - жаслар ушын билимлендириў имканиятларын кеңейтиў, олардың билим алыўға болған тең ҳуқықын тәмийинлеў ҳәм жәмийеттиң раўажланыўында белсене қатнасын күшейтиў болып есапланады.

Қарарға муўапық, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм "Эл-юрт умиди" қоры менен биргеликте жолға қойылған "Президенттиӊ қәбилетли перзентлери" басламасы әмелге асырылады. Оған бола, ҳәр жылы Қарақалпақстанда жасап атырған ҳәм улыўма орта билимлендириў мәкемелерин тамамлаған 50 жасқа шекем сырт еллердиӊ абырайлы университетлеринде билим алыў имканиятына ийе болады.

 Ең әҳмийетлиси, олар билимлендириўди тамамлағаннан соң, Қарақалпақстан Республикасын кеминде төрт жыл даўамында мийнет етиўи белгиленди. Бул талап жасларымыздың арттырған билим ҳәм тәжирийбелерин Қарақалпақстанның раўажланыўы жолында қолланыўға хызмет етеди.

Қарарда және бир әҳмийетли бағдар сыпатында 2025/2026-оқыў жылынан баслап келеси 3 жыл даўамында мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде Қарақалпақстан жаслары ушын 500 қосымша мақсетли грант квотасы, сондай-ақ, мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде ҳәр жылы 200 қосымша мәмлекетлик грант тийкарында оқыў имканияты берилиўи нәзерде тутылды.

Бул болса билимлендириў тараўындағы теңлик ҳәм әдиллик принциплерин тәмийинлейди, Қарақалпақстан жасларына басқа аймақлардағы теңлеслери менен теңдей имканият жаратады.

Мен депутат ҳәм соның менен бирге, билимлендириў тараўының ўәкили сыпатында бул қарар тек ғана жаслардың тәғдири емес, ал мәмлекетимиздиӊ билимлендириў системасы ушын жаңа басқышты баслап бергенин айрықша атап ѳтким келеди.

Бул баслама арқалы биз тек ғана қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлап қоймастан, ал барлық оқыўшыларда "билим арқалы раўажланыў" идеясын беккемлеймиз. Енди мектеплерде де оқыўшыларды еле де билим алыўға хошаметлеў, олардың жәмийетлик белсендилигин ҳәм умтылысын күшейтиў имканияты пайда болады.

Жаслар ушын жаратылған ҳәр бир грант, ҳәр бир имканият олардың келешегине, қалаберсе, елимиздиң раўажланыўына қойылған инвестиция болып есапланады. Соның ушын, биз халық ўәкиллери сыпатында билимлендириў мәкемелери менен биргеликте бул имканиятлардың ҳәр бир жасқа жетип барыўын тәмийинлеўимиз шәрт.

Президентимиздиң басламасы менен қабыл етилген бул қарар Қарақалпақстан жаслары ушын жаңа перспектива есиклерин ашпақта. Бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў - жасларымыздың мойнындағы жуўапкершилик болып есапланады. Биз болса билимлендириў тараўының ўәкиллери сыпатында олардың бул жолдағы қәдемлерин пидәкерлик пенен қоллап-қуўатлаймыз.

 Бүгин жаратылған имканиятлар ертеңги күнимизде билимли, интакер ҳәм Ўатан раўажланыўына үлес қосатуғын әўладтың қәлиплесиўине тийкар жарататуғынына исенемен. Бул болса Қарақалпақстанның ертеңги күни, Жаӊа Өзбекстанымыздың айдын келешеги дегени.