Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
📣Xalq deputatlari O'zbekiston tuman Kengashining Mahalliy budjet tadbirkorlikni rivojlantirish iqtisodiy islohotlar bo'yicha doimiy komissiyasi va Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo'yicha doimiy komissiyalarining yig'lishi bo'lib o'tdi
янв.21
Bayroq – g‘ururimiz, birligimiz ramzi!
янв.21
Xalq deputatlari O'zbekiston tuman Kengashi "10-Karimobod" saylov okrugi deputati M. Sobirov Tuyul mahallasida amalga oshirilayotgan ishlar bilan tanishdi.
янв.21
🌱 “Yashil makon” umummilliy loyihasi doirasida ko‘chat ekish tadbiri o‘tkazildi
янв.21
Xalq deputatlari Farg‘ona viloyat Kengash deputati  R. Xakimov va Xalq deputatlari O‘zbekiston tuman Kengashi deputati M. Sobirovlar 49-umumiy o‘rta taʼlim maktabida kuz-qish mavsumiga tayyorgarlik jarayonlarini o‘rganishdi.
янв.21
Mehr va saxovat – insoniyatning eng go‘zal fazilati
янв.21
“Fidokor mehnat-el faxri”
янв.21
Xalq deputatlari O'zbekiston tuman Kengashi 17-Davlatbotir saylov okrugi deputati I.Axmedov hududddagi 34-umumiy o'rta talim maktabining yangi binosini yurulish jarayonlari bilan tanishdii
янв.21
📣Xalq deputatlari O‘zbekiston tuman Kengashi 20-O‘qchi saylov okrugi deputati N.Xasanova tomonidan O‘zbekiston tuman Maktabgacha va maktab ta’lim bo‘limiga qarashli 17-umumiy o‘rta ta’lim maktabining o‘quv mavsumiga tayyorgarlik holati o'rganildi!
янв.21
Sho‘rqishloqda deputat uchrashuvi
ПАРЛАМЕТКЕ ҲҮРМЕТ-ХАЛЫҚ ЎӘКИЛЛЕРИНЕ БОЛҒАН ИСЕНИМ!

 Усы жылдың 18-19-август күнлери Қазақстан Республикасы
Парламенти Сенатының Баслығының мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен Олий
Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева басшылығындағы парламент ағзалары
Астана қаласында болды.
 

Дәслеп Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаеваның
Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен ушырасыўы болып өтти.
 

Ушырасыў ўақтында парламентлераралық қатнасықларды
раўажландырыў көзқарасынан Қазақстан-Өзбекстан стратегиялық шериклиги ҳәм
аўқамласлығының әҳмийетли мәселелери додаланды.
 

Президент Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты Баслығын
қызғын қутлықлап, оның Астанаға сапары Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы
стратегиялық қатнасықлардың өзине тән белгисиниң айқын дәлили екенин атап
өтти.
 

Қасым-Жомарт Тоқаев Танзила Нарбаеваның еки халық
арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўге қосқан жеке
үлесин жоқары баҳалады:
 

«Сизиң сапарыңыз мәмлекетлеримиз
арасындағы дослық қатнасықларды бекемлеў көзқарасынан оғада әҳмийетли.
Биз туўысқан Өзбекстан менен бирге ислесиўди раўажландырыўға үлкен
әҳмийет қаратамыз. Бул Орайлық Азия регионында турақлылық ҳәм
қәўипсизликти тәмийинлеўде оғада әҳмийетли фактор, деп есаплаймыз. Мәмлекетлеримиз
арасындағы қатнасықлар қәншелли жақсы, тығыз ҳәм нәтийжели болса, улыўма
региондағы жағдай соншелли тыныш болады. Сизиң сапарыңызға келсек, оны
қатнасықларымыздың оғада әҳмийетли элементи болған парламентлераралық
қатнасықларды беккемлеў көзқарасынан ҳақыйқаттан да әҳмийетли, деп
билемен».
 

Өз гезегинде Танзила Нарбаева Қасым-Жомарт Тоқаевқа
қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Президент Шавкат Мирзиёевтиң
сәлемин жеткерди.
 

– Мәмлекетимиз басшысы сизге өзиниң жыллы сәлемин
жоллады ҳәм алып барып атырған жумысларыңызда үлкен табыслар
тиледи. Биргеликте ерисилген келисимлердиң орынланыўын нәтийжели тәмийинлеўге
биз, парламент ағзалары, бәрқулла өз үлесимизди қосамыз. Сиз
айтқаныңыздай, Өзбекстан ушын Қазақстан, Қазақстан ушын Өзбекстан ең
жақын, исенимли бирге ислесиўши болып есапланады, – деди Өзбекстан Олий Мажлиси
Сенаты Баслығы.
 

Делегация даўамында Астана қаласында Сенат Баслығы
Танзила Нарбаева Қазақстан Республикасы Парламенти Мәжилиси Баслығы Ерлан
Кошанов пенен ушырасты.
 

Конструктивлик сөйлесиў даўамында тәреплер парламентлераралық
бирге ислесиўди және де раўажландырыў, еки тәреплеме қатнасықларды
беккемлеў, сондай-ақ, жоқары дәрежеде ерисилген әҳмийетли келисимлерди
әмелге асырыў мәселелерин додалады.
 

Нызам шығарыўшы уйымлардың жумысын жетилистириў,
парламент институты ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларының потенциалын арттырыў
бағдарында тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
 

Сондай-ақ, аралас сайлаў системасы ҳәм парламент
ўәкиллерин кеңейтиўде уқсаслық бар екенлиги атап өтилди.
 

Халықаралық парламент майданларында, соның ишинде,
Парламентлераралық Аўқам, ЕҚБШ Парламент ассамблеясы, ҒМДА Парламент
ассамблеясы шеңбериндеги бирге ислесиў перспективалары додаланды.
 

Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий
Мажлиси Сенаты ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Сенаты арасында
2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша “жол
картасы”на қол қойыў режелестирилген. Ҳүжжет парламентлераралық сөйлесиўди
беккемлеў ҳәм еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша бирге
ислесиўди кеңейтиўге қаратылған.
 

Сапар бағдарламасына муўапық Сенат Баслығы Танзила
Нарбаеваның Қазақстан Республикасы Парламенти Сенатының Баслығы Маулен
Әшимбаев, Қазақстан Республикасы Парламенти Мәжилисиниң Баслығы Ерлан Кошанов,
сондай-ақ, Қазақстан Республикасы Президенти жанындағы Ҳаял-қызлар ҳәм
шаңарақлық-демографиялық сиясат ислери бойынша миллий комиссия ағзалары менен
ушырасыўлары нәзерде тутылған.
 

Буннан тысқары, делегация ағзалары Өзбекстан ҳәм
Қазақстан илимий-дөретиўши зыялыларының биринши форумында да қатнасады,
сондай-ақ, “Астана” халықаралық финанс орайының жумысы менен танысады.
 

  

Б.Искендеров, Халық депутатлары Кегейли районлық
Кеңеси Секретариат баслығы, ЎзЛиДеП депутатлық топары баслығы