Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari O‘rta Chirchiq tumani Kengashining yettinchi chaqiriq o‘ttizinchi sessiyasi bo‘lib o`tdi
янв.21
O‘zbekiston Respublikasining Prezidentining 2002-yil 5-apreldagi "Chiqindilar to'g'risida"gi 362-II-sonli Qonunining tumandagi ijrosi yuzasidan deputatlik nazorati tartibi o'tkazildi hamda tumanda "Mening bog'im" loyihasi doirasida amalga oshirilayotgan ishlar holati o'rganildi
янв.21
Sessiya kun tartibiga kiritilgan masala bo‘yicha joyiga chiqib o‘rganish ishlari amalga oshirildi
янв.21
#Hududdagi jinoyatchilikka qarshi kurash holati, ayniqsa qizil va sariq hududlarda jinoyatchilikni bartaraf qilish bo‘yicha olib borilayotgan ishlar holati o‘rganildi
янв.21
#Fuqarolar murojaati joyiga chiqib o‘rganildi
янв.21
#Mahalladagi ijtimoiy hodim tomonidan aholining ijtimoiy ehtiyojmand toifalariga ko'rsatiladigan xizmatni sifatli tashkil etilishi, kam ta'minlagnan oilalarga ijtimoiy nafaqalar va moddiy yordam tayinlash va to'lash holati o'rganildi
янв.21
deputat mahallada
янв.21
#deputatlik_faoliyati
янв.21
#deputatlik_faoliyati
янв.21
#deputatlik_faoliyati
Мүнәсибет

 Мен, 7-“Таскөпир” сайлаў округынан Халық депутатлары Хожели
районлық Кеңеси депутаты Абдреймов Оразимбет усы жылдың 5 айы даўамында белгиленген
график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар
менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
 

Ушырасыўлар даўамында елимизде әмелге асырылып атырған
кең көлемли демократиялық реформалар, әсиресе, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен
Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың
абаданлығын арттырыў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа
жумыс орынларын жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған
Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
 

Сондай-ақ, Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң
сессияларында қабыл етилген қарарлар, олардың халықтың турмыс дәрежесин
жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм социаллық машқалаларды
шешиўдеги әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
 

Ушырасыўда усы жыл ушын қабыл етилген
"Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмиетти жоқарылатыў жылы"
Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, мәҳәллелер
инфраструктурасын раўажландырыў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтликти
тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў
ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында да толық
мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўири даўамында сайлаўшылардан жәми 8 мүрәжат
келип түсти. Олардың ҳәр бири үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық
басқарыў уйымлары және жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды.
Нәтийжеде мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша
әмелий илажлар көрилмекте.
 

Соның ишинде, аймақтағы 22-санлы улыўма илим бериў
мектеби алдына дыққәт балалар бойынша арнаўлы жол белгилерин орнатыў мәселеси
унамлы шешилип, халық ушын әҳмийетли болған машқалаларға шешим табылды. Бул
болса сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм турмыс шараятын және де жақсылаўға
хызмет етти.
 

Ушырасыўлар даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде
әмелге асырылып атырған реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын,
мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм
аймақларды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз турмысларында
айқын сезилип атырғанын айрықша атап өтти.
 

Қуўанышлы тәрепи, сайлаў округим аймағындағы түнги
жақтыландырғышларды хәм ишки жолларды оңлаў сыяқлы әҳмийетли машқалалар
басқышпа-басқыш шешилмекте. Бул бағдарда халық пенен турақлы пикирлесиў,
олардың пикир-усынысларын есапқа алыў депутатлық жумысымның тийкарғы
бағдарларынан бири болып қалмақта.
 

Соның менен бирге, халық депутатлары Хожели районлық
Кеңесиниң сессиялары, турақлы комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының
жумысында турақлы қатнасып, партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты
ойландырып атырған социаллық мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған
қарарлардың халық мәплерине хызмет етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды
алға қойып келмектемен.
 

Келешекте де сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў,
олардың машқала ҳәм усынысларын терең үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик
пенен қатнас жасаў және олардың нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның
тийкарғы бағдары болып қалады.
   

 О.Абдреймов, 

 7-“ Таскөпир” сайлаў округынан
Халық депутатлары
Хожели районлық
Кеңеси депутаты