Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы басламасы менен “Коррупцияға қарсы гүресиў” айлығы шеӊберинде Қараөзек районы Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 9-санлы мектепте үгит-нәсият иләжы шөлкемлестирилди. Иләжда Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесине 14-Бердақ сайлаў округи депутаты С.Сайымова қатнасып, жәмийетте коррупцияға қарсы гүресиўге өз үлесин қосыў ҳәр бир пуқараныӊ миннети-улыўма миллий ўазыйпамыз екенлигин атап өтти.