Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Yoshlar salomatligi — ustuvor vazifa: Koʻmirchi mahallasidagi 30-maktab futbol maydoni taʼmirlanadi
янв.21
Ramazon oyida narxlar barqarorligi – deputatlar e’tibor markazida
янв.21
Mahalla yettiligi ishtirokida dolzarb masalalar ko‘rib chiqildi
янв.21
Mirfozil mahallasida deputat va mahalla yettiligi uchrashuvi o‘tkazildi
янв.21
"Korrupsiya-taraqqiyot kushandasi"
янв.21
Deputat mahallada olib borilayotgan qurilish ishlarini ko‘zdan kechirdi
янв.21
"Korrupsiyaga qarshi eng yaxshi kontent" tanlovi
янв.21
Deputat va mahalla yettiligi uchrashuvi
янв.21
Jinoyatchilik va huquqbuzarliklarni oldini olishga barcha birdek masʼul
янв.21
“Mahallaning ishbilarmon ayoli” —xotin-qizlar tadbirkorligini rivojlantirishga qaratilgan muhim tashabbus
⏰ «Мадат» мәмлекетлик емес комерциялық емес шөлкеми ҳәм Халық депутатлары қалалық Кеңеси арасында өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

⏰ «Мадат» мәмлекетлик емес комерциялық емес шөлкеми ҳәм Халық депутатлары қалалық Кеңеси арасында өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

🟢Нөкис қалалық ҳуқықый мәсләҳәт бюросы М.Исмайлов ҳәм Халық депутатлары қалалық Кеңеси арасында қол қойылған бул меморандум пуқаралардың социаллық-экономикалық машқалаларын үйрениў, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў ҳәм аймақта әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеўге қаратылған.

🟢Тәреплер өз-ара бирге ислесиў шеңберинде халықтың мүрәжатлары менен ислесиўди системалы шөлкемлестириў, социаллық қорғаўға мүтәж қатламларды қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисип алды.

🟢Бул бирге ислесиў халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, жәмийетлик тыңлаўларды шөлкемлестириў, пуқаралық жәмийет институтлары ҳәм жергиликли ўәкилликли уйымлар арасында нәтийжели жолға қойыў режелестирилмекте.

✔️ Нөкис қаласындағы ең әҳмийетли қарарлар, ушырасыўлар ҳәм жаңалықлар – усы жерде👇

Telegram (https://t.me/nokisdeputat) | Facebook (https://www.facebook.com/NokisDeputati) | Instagram (https://www.instagram.com/deputatlar_kenesi/)

Slide 1 of 2