Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Boshqaruv servis kompaniyasi faoliyati o‘rganildi
янв.21
65-DMTTda o‘rganish ishlari olib borildi
янв.21
2027-YIL UCHUN IJTIMOIY EHTIYOJMAND AHOLI BANDLIGINI TA’MINLASH MASALASI MUHOKAMA QILINDI
янв.21
Bepul beriladigan dori vositalari bilan ta’minlash holati o‘rganildi
янв.21
DEPUTATLIK NAZORATINING HUQUQIY ASOSI: QONUNLARNI O‘RGANISH VA IJROSINI TA’MINLASH
янв.21
AHOLI MUROJAATLARI BILAN ISHLASH HOLATI TAHLIL QILINDI
янв.21
OLMAZOR TUMANIDA 2026–2027-YILLAR KUZ-QISH MAVSUMIGA TAYYORGARLIK ISHLARI
янв.21
OBODONLASHTIRISH SOHASIDA DEPUTATLIK NAZORATI: MUAMMOLAR ANIQLANIB, MAS’ULLARGA ANIQ VAZIFALAR BELGILANDI
янв.21
24 USTUVOR YO‘NALISH: SPORT ZAL VA FUTBOL MAYDONI HOLATI O‘RGANILDI
янв.21
Xalq deputatlari Olmazor tuman Kengashining Mahalliy budjet, iqtisodiy islohotlarni amalga oshirish va tadbirkorlikni rivojlantirish masalalari bo‘yicha hamda Xalq deputatlari Olmazor tuman Kengashining Korrupsiyaga qarshi kurashish va xavfsizlik masalalari bo‘yicha doimiy komissiyalar qo‘shma yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
ЮНИСЕФ пенен бирге ислесиў өз нәтийжесин бермекте

 Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева БМШ Балалар
қоры (ЮНИСЕФ)ның регионаллық директоры Эдуард Бейгбедер менен ушырасты.
 

(Э. Бейгбедер Самарқандта болып өтетуғын “Балалардың
абаданлығына инвестиция: келешек әўладлар ушын турақлы ҳәм әдил раўажланыўға
қарай жол” атамасындағы Пүткил жер жүзилик саммитинде қатнасыў ушын
мәмлекетимизге келген).
 

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм ЮНИСЕФ арасында балалардың
ҳуқықларын қорғаў, олардың абаданлығын тәмийинлеў ҳәм ҳәр бир бала ушын мүнәсип
шараятлар жаратыў бағдарындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары додаланды.
 

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде
балалар ҳуқықларының конституциялық кепилликлерин беккемлеў бағдарында кең
көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Бул процессте ЮНИСЕФ
пенен жолға қойылған избе-из бирге ислесиў өз нәтийжесин бермекте.
 

  

Өз-ара сөйлесиўде балалардың мәплерине байланыслы нызамшылық
ҳүжжетлери, соның ишинде, “Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў
ҳаққында”ғы нызамның әҳмийети, орынланыўы тәмийинленип атырғанына итибар
қаратылды.
 

Нызамшылық нормаларының аймақларда әмелге асырылыўын ЮНИСЕФ
экспертлери менен биргеликте үйрениў, балаларға көрсетилип атырған жәрдемниӊ
нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм нәтийжелер тийкарында әмелий илажларды белгилеў
зәрүр екенлиги айтылды.
 

Балалардың қәбилетин ҳәм талантын жүзеге шығарыў, олардың
ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў, бул бағдарда
қәнигелер ҳәм ата-аналарға әмелий жәрдем көрсетиў мәселелерине тоқтап өтилди.
 

Ата-ана қарамағынан айырылған балаларды шаңарақ орталығында
тәрбиялаў имканиятларын кеңейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар
ҳаққында да пикир жүргизилди. ЮНИСЕФ тәрепинен Өзбекстанда бул бағдардағы
унамлы өзгерислер тән алынғаны атап өтилди.
 

Буннан тысқары, шаңарақлық балалар үйлеринде тәрбияланып
атырған балаларды қоллап-қуўатлаў, аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған
шаңарақларға жәрдем көрсетиў, майыплығы болған балалар ушын хызметлердиң қамтып
алыўын ҳәм сапасын арттырыў, сондай-ақ, социаллық бағдарламаларды нәтийжели
әмелге асырыў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.
 

Бул бағдарлардағы бирге ислесиўди ЮНИСЕФтиң
2026-2030-жылларға мөлшерленген бағдарламасына бейимлестириў, белгиленген
ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм әмелий бирге ислесиўди буннан былай да
беккемлеўге келисип алынды.
 

   

Slide 1 of 1