Бүгин Шымбай районында «Ҳәким ҳәм депутат қабыллаўы» болып өтти
Қабыллаўға район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм де Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары қатнасып, аймақтың инфраструктурасын жетилистириў, пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллени социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, аймақтағы машқалаларды нәтийжели шешиў бойынша ҳәм де мәҳәлле турғынларын мүрәжатларын қабыллады. Онда пуқаралар жол қурылысы, үй-жай оңлаў ушын кредитлер ажыратыў, бәнтлик ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжатларын билдирди.
Пуқаралар тәрепинен жәми 74 мүрәжат келип түскен болып, соннан 37 мүрәжат сол орынның өзинде унамлы шешим тапқан болса, мүддет талап етилетуғын мәселелер қадағалаўға алынып депутатлық сораўнамалар тийисли мекеме ҳәм шөлкемлерге жиберилди.
Сондай-ақ, қабыллаў даўамында мәҳәлле турғынларының машқалалары шешими бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.