#Нөкис районы ХДП:
"Жаслар - саламат турмыс тәрепдары"
22-️23 апрель күнлери Өзбекстан халық демократиялық партиясы Нөкис районлық кеңеси тәрепинен "Ақмаңғыт" посёлкалық пуқаралар жыйынында жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға қаратылған спорт ҳәм саламатлық акциясы болып өтти.
Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет - жаслар арасында физикалық белсендиликти арттырыў, спортқа болған қызығыўшылықты күшейтиў ҳәм саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат.
Акция шеңберинде:
- ғалабалық дене шынығыўлары,
- ҳәр түрли спорт жарыслары,
- дурыс аўқатланыў ҳәм зыянлы әдетлерден узақ болыў бойынша түсиник жумыслары шөлкемлестирилди.
Саламат турмыс тәризи - бахытлы келешек гиреўи!
Барлық жасларды белсенди болыўға ҳәм спорт пенен шуғылланыўға шақырамыз!