Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Нөкис районы ХДП: "ҚУЎАНЫШ ҲӘМ МЕҲИР ҮЛЕСЕЙИК" АКЦИЯСЫ ӨТКЕРИЛДИ
янв.21
Deputat saylawshılar menen ushırastı
янв.21
Deputat saylawshılar menen ushırastı
янв.21
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов, Халық депутатлары Нөкис районлық кеңеси 3-санлы Шортанбай сайлаў округинен М.Оразимбетова, хәм ӨзЛиДеП Нөкис районлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары-аппарат басшысы Қ.Исмайлов Нөкис районы «Қырантаў» АПЖ аймағында жайласқан қәнигелестирилген мектебинде болып, мектептиң жумысы, билимлендириўдиң сапасы ҳәм жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
янв.21
ДЕПУТАТЛАР ИСКЕРЛИГИНЕН
янв.21
ДЕПУТАТЛАР ИСКЕРЛИГИНЕН
янв.21
Нөкис районда Президент Мүрәжатнамасында белгиленген ўазыйпалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған илаж болып өтти
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
ДЕПУТАТЛАР ИСКЕРЛИГИНЕН
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
ДЕПУТАТ ЕСАБАТЫ.

Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесине 2-Ақ терек сайлаў округинен депутат А.Юсуповтың сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда депутат тәрепинен Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйыны усы жылы “Жаңа Өзбекстан көринисиндеги мәҳәллелер”диң дизимине киритилип, дәсүрлер исленип мәҳаллеге 5 миллиард сум қаржы ажыратылып, бул өз гезегинде мәҳаллениң гүллениўине халықтың абат ҳәм пәраўан жасаўына өз үлесин қосатуғынлығын билдирди.

Депутат А.Юсупов 2025-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында жаңадан қабыл етилген Нызам ҳәм қарарлардың әҳмийети ҳәм мазмуны ҳаққында айтып, 2025-жыл даўамында депутатлық искерлиги шеңберинде әмелге асырған жумыслары ҳаққында сайлаўшыларға есабат берди.

Ушырасыў даўамында пуқаралар тәрепинен аймақтағы машқалалы мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди ҳәм бул мәселелер бойынша үйренилип шығып, тийисли шешимлер қабыл етилиўи белгилеп алынды.

Slide 1 of 2