Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ҳаққында
янв.21
Нөкис районы ХДП: "ҚУЎАНЫШ ҲӘМ МЕҲИР ҮЛЕСЕЙИК" АКЦИЯСЫ ӨТКЕРИЛДИ
янв.21
Deputat saylawshılar menen ushırastı
янв.21
Deputat saylawshılar menen ushırastı
янв.21
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов, Халық депутатлары Нөкис районлық кеңеси 3-санлы Шортанбай сайлаў округинен М.Оразимбетова, хәм ӨзЛиДеП Нөкис районлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары-аппарат басшысы Қ.Исмайлов Нөкис районы «Қырантаў» АПЖ аймағында жайласқан қәнигелестирилген мектебинде болып, мектептиң жумысы, билимлендириўдиң сапасы ҳәм жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
янв.21
ДЕПУТАТЛАР ИСКЕРЛИГИНЕН
янв.21
ДЕПУТАТЛАР ИСКЕРЛИГИНЕН
янв.21
Нөкис районда Президент Мүрәжатнамасында белгиленген ўазыйпалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған илаж болып өтти
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
ДЕПУТАТЛАР ИСКЕРЛИГИНЕН
Өзбекстан Республикасы Конституциясы, мәмлекетлик гимни ҳәм Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген сәнелер мүнәсибети менен Қараөзек районы Қойбақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 3-санлы мектепте салтанатлы кеше өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы, мәмлекетлик гимни ҳәм Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген сәнелер мүнәсибети менен Қараөзек районы Қойбақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 3-санлы мектепте салтанатлы кеше өткерилди. Кешеге Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеӊес баслығы орынбасары Р.Отарбаев партия районлық Кеӊеси баслығы Д.Хожанов, районлық Кеӊес секретариат баслығы Қ.Жақсымуратов (https://t.me/qaraozek_xdrk_1), районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими қәнигеси Г.Каримуллаевалар қатнасты. Илажда бас нызамымыз ҳәм мәмлекетлик нышанлар, ана тилимиздиӊ нызамлылық тийкарлары ҳақкында кеӊ түрде тоқталып өтилди. Мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары тәрепинен таярланған сахналық көринислер тамашаланылып, пән олимпиадаларында жоқары нәтийжелерге ериске оқыўшылар, ата-аналары ҳәм устазлары хошаметленилди.

Slide 1 of 12