Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН ТАРАҚҚИЁТИ — ЮКСАК ЭЪТИБОР ВА ЯНГИ ИМКОНИЯТЛАР САМАРАСИ
янв.21
QARAQALPAQSTAN: JAŃA IMKANIYATLAR, JAŃA EKONOMIKALIQ MAQSETLER
янв.21
Tashrif davomida hududni kompleks rivojlantirish, aholi turmush darajasini yaxshilash, yangi ish o‘rinlari yaratish, tadbirkorlikni qo‘llab-quvvatlash hamda zamonaviy infratuzilmani shakllantirish bo‘yicha aniq va amaliy vazifalar belgilandi.
янв.21
Inson qadri ulug‘langan, taraqqiyot yangi bosqichga ko‘tarilgan tashrif
янв.21
Пуқаралардың мүрәжатлары тыңланбақта
янв.21
Қарақалпақстанның келешеги ҳаққында еки күн
янв.21
Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесине 26-“Қумбыз аўыл” сайлаў округинен депутат Кадиров Қувондиқ Айитбаевич Нөкис қаласындағы «Көк өзек» мәкан пуқаралар жыйынының жумысларын үйренди.
янв.21
Депутатлар өз сайлаў округлеринде есабат ушырасыўларын өткерди
янв.21
Есабат тыңланды
янв.21
📌 ДЕПУТАТ СОРАЎЫ ЖИБЕРИЛДИ
❗️Шымбай районы ХДП: АКЦИЯ ШЕҢБЕРИНДЕ ХАЛЫҚТЫҢ МАШҚАЛАСЫ УНАМЛЫ ШЕШИЛЕТУҒЫН БОЛДЫ

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары тәрепинен "Қызыл өзек" аўыл пуқаралар жыйынында "Бир мәҳәлле - бир баслама" акциясы өткерилди.

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, партия топары ағзасы А.Есемуратов, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңесиниң баслығы С.Нурмамбетов, "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Ушырасыўда дәслеп депутат тәрепинен Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында белгилеп берилген 6 тийкарғы бағдар, сондай-ақ, жетилистирилип атырған “Өзбекстан –2030” стратегиясының тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында мағлыўматлар берилип, депутат А.Есемуратов өзиниң 2025-жыл даўамындағы депутатлық искерлиги ҳаққында сайлаўшыларға есабат берди. Буннан соң, сайлаўшылар менен сөйлесип, олардың мүрәжатлары тыңланды.

Атап айтқанда, усы аймақта жайласқан Қоңырат көшесиниң 0,3 км. бөлегине қум-шебен (ШПС) араласпасын төсеп бериў мәселесинде мүрәжат болды. Бул мүрәжат бойынша депутат А.Есемуратов тәрепинен тийисли мәкемеге депутатлық сораў жиберилди ҳәм мүрәжат унамлы шешилетуғын болды.

Slide 1 of 5