Barcha yangiliklar
Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетинши шақырық сегизинши сессиясы болып өтти
Gallery image 38239
Gallery image 38240
Gallery image 38241
Gallery image 38242
Gallery image 38243
Gallery image 38244
Gallery image 38245
Gallery image 38246
Gallery image 38247
Gallery image 38248
BEKPANOV ELBRUS ESENBAEVICH
28 Apr 2025
09:59

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетинши шақырық сегизинши сессиясы болып өтти

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетинши шақырық сегизинши сессиясы болып өтти

Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ  мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетинши шақырық сегизинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. 

Сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды. Биринши мәселе Нөкис районы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2025-жыл биринши шереги даўамында район бойынша мүрәжаатлардың нызамлы үйренилиўинде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳәм алдағы белгиленген ўазыйпалар ҳаққында Нөкис районы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулмановтың есабаты тыңланды.   

Екинши мәселе Нөкис районында 2025-жыл биринши шереги даўамында “Ҳаяллар дәптери”ниң 6-басқышы бойынша әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Нөкис районы ҳәкими орынбасары С.Абатованың баянаты тыңланды. 

Үшинши мәселе Нөкис районы Ишки ислер бөлими тәрепинен 2025-жыл биринши шереги даўамында әмелге асырылған жумысларының Нөкис районы Ишки ислер бөлими Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшеси баслығы Е.Бегдуллаевтың баянаты тыңланды. Төртинши мәселе Нөкис районында 2025-жыл ажыратылған суў лимитлери ҳаққында Нөкис районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемеси баслығы Д.Усаковтың есабаты тыңланды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.