Barcha yangiliklar
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Алишер Джуманазаров 2025-жылдың I-шерегинде әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат бериў ушын өз сайлаўшылары менен ушырасты
Gallery image 36930
Gallery image 36931
Gallery image 36932
Gallery image 36933
Gallery image 36934
Gallery image 36935
Gallery image 36936
BEKPANOV ELBRUS ESENBAEVICH
18 Apr 2025
17:29

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Алишер Джуманазаров 2025-жылдың I-шерегинде әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат бериў ушын өз сайлаўшылары менен ушырасты

52-санлы "Ақманғыт" сайлаў округинен сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Алишер Джуманазаров 2025-жылдың I-шерегинде әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат бериў ушын өз сайлаўшылары менен ушырасты.

Оған, Нөкис районы Нураный қоры баслығы Ж.Қайпов, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары, мәҳәлле жетилиги ағзалары ҳәм көше бийлери қатнасты.

Ушрасыўда, депутат Алишер Джуманазаров 2025-жылдың I-шерегинде әмелге асырылған жумыслары бойынша сайлаўшыларға есабат берип, кейинги жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, быйылғы «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика жылы»нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламада белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында айтып өтти.

Буннан соӊ пуқаралардың мүрәжатлары тыӊланып, орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаўды әмелге асырыў белгиленип алынды.