Barcha yangiliklar
“Саманбай” АПЖ аймағындағы 534 хожалықтың үй алды тамарқа жерлерине суў өз ўақтында  қыйыншылықларсыз жетип баратуғын болды
Gallery image 36925
Gallery image 36926
Gallery image 36927
Gallery image 36928
Gallery image 36929
BEKPANOV ELBRUS ESENBAEVICH
18 Apr 2025
17:18

“Саманбай” АПЖ аймағындағы 534 хожалықтың үй алды тамарқа жерлерине суў өз ўақтында қыйыншылықларсыз жетип баратуғын болды

Енди, “Саманбай” АПЖ аймағындағы 534 хожалықтың үй алды тамарқа жерлерине суў өз ўақтында қыйыншылықларсыз жетип баратуғын болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Алишер Джуманазаров “Саманбай” АПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар менен болған ушрасыўда “Қаттағар” аўылы турғынлары үй алды тамарқа жерлерин суўғарыў ушын усы аўыл аймағынан өтиўши “Қаттағар” каналына орнатылған тозыўы жеткен, көп электр энергиясын сарыплайтуғын, ески суў насосынан пайдаланып киятырғанлығын, бул суў насосының тез-тезден бузылып, истен шығыўы нәтийжесинде хожалықлардың үй алды тамарқа жерлерине суў өз ўақтында жетип келиўинде машқалалар пайда болып атырғанлығын айтып мүрәжат еткен еди. 

Депутат, Алишер Джуманазаров өз қаўендерлиги есабынан, тозыўы жеткен ески суў насосы орнына, аз электр энергиясын сарыплайтуғын, суў шығарыў қуўатлылығы жоқары, диаметри 350 мм болған заманагөй суў насосын қосымша барлық үскенелери менен бирге орнатып берди.

   

"Қаттағар” аўылы турғынлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Алишер Джуманазаровқа өз миннетдаршылықларын билдирмекте.