Barcha yangiliklar
"Катарымыздагы жаслар" жойбары.
Gallery image 36707
TENIZBAEV AZAT BAYKUATOVICH
14 Mar 2025
00:00

"Катарымыздагы жаслар" жойбары.

«Қатарымыздағы жаслар» жойбары.

2025-жыл 14-март күни Өзбекстан ХДП Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы, районлық Кеңес депутаты Қ.Жалиев райондағы Кәсип-өнер мектебинде болып жаслар менен ушырасты. Ушырасыўда жаслар тәрепинен таңлаған кәсиплери, әмелият жумыслары, устаханаларда әсбап-үскенелерден пайдаланыў барысы, мектепте оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар бойынша саўбетлесиў өткерилди.

Ушырасыў даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-февраль күни Жаслар менен болған ушырасыўы ҳәм онда белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар бойынша пикир алысыў болып өтти.