Barcha yangiliklar
ШЫМБАЙДА ЕСАБАТ-САЙЛАЎ ЖЫЙНАЛЫСЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ
Gallery image 36289
Gallery image 36290
Gallery image 36291
Gallery image 36292
Gallery image 36293
Gallery image 36294
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
09 Apr 2025
18:19

ШЫМБАЙДА ЕСАБАТ-САЙЛАЎ ЖЫЙНАЛЫСЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Есабат-сайлаў жыйналысында партияның Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары ҳәм де басланғыш партия шөлкеми ағзалары қатнасты.  

Мәжилисте "РМБ" басланғыш партия шөлкеми баслығының 2024-жыл даўамында әмелге асырған жумысларының есабаты тыңланды. 

Илаж даўамында сөзге шыққанлар басланғыш партия шөлкеминиң өткен дәўирдеги алып барған жумысларын қанаатландырарлы деп табылды ҳәм басланғыш партия шөлкеми белсендилерине партия тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Сондай-ақ, илаж соңында партия ағзаларының усынысына муўапық, Дуршекеева Дильфуза Даўлетбаевна "РМБ" басланғыш партия шөлкеми баслығы етип сайланды.