Barcha yangiliklar
Begjap
Gallery image 35810
Gallery image 35811
Gallery image 35812
Gallery image 35813
GALIAKBEROV RINAT NARIMANOVICH
15 Apr 2025
12:31

Begjap

Районлық Кеңес депутатының есабаты тыңланды

Бүгинги күнде сайлаўшылар менен турақлы пикирлесиў, оларды ойландырып атырған мәселелерди шешиў депутатлардың сайлаў округлериндеги жумысының тийкарғы бағдарына айланды.

Атап айтқанда, 4-Ташкент сайлов округинен Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары басшысы Махмуд Есенгелдиев халық пенен пикирлесиў, орынлардағы бар машқалаларды мәҳәлле кесиминде үйрениў мақсетинде райондағы 25-санлы мектеп имаратында сайлаўшылар менен ушырасты.

 «Бегжап» АПЖ баслығы А.Юсупов, 25-санлы улыўма билим бериў мектеби педагог хызметкерлери ҳәм аймақ турғынлары қатнасқан ушырасыўда депутаттың 2025-жылдың I-шереги даўамындағы искерлиги бойынша есабаты тыңланды.

Ушырасыўда пуқаралардан бәнтлик, коммунал хожалығы ҳәм социаллық мәселелер бойынша мүрәжатлар болды, депутат тәрепинен мүрәжатлардың шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды. Сайлаўшылар депутат М.Есенгелдиевтиң есабатын мақуллады.