Barcha yangiliklar







AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
27 Okt 2026
18:15
Депутат_мәҳәлледе
✅ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова «Кеңес» АПЖ аймағындағы 1-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын улыўма орта билим бериў мектебинде болды.
Илаж даўамында мектептиң гүз-қыс мәўсимге таярлық процесслери, атап айтқанда, жылытыў системаларының жағдайы, оқыў ханаларындағы температура режимин тәмийинлеў имканиятлары менен жақыннан танысылды. Сондай-ақ, депутат тәрепинен қыс мәўсимин зыянсыз өткериў, итибар қаратылыўы зәрүр болған әҳмийетли мәселелер бойынша мектеп администрациясына зәрүр көрсетпелер берилди.
📌 Депутатлар тәрепинен социаллық тараў объектлериниң гүз-қыс мәўсимине таярлық жағдайын бақылаў бойынша үйрениў жумыслары даўам еттирилмекте.