





Жәмийетлик_қадағалаў
♻️ Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси Атқарыў комитети Президиумының 2026-жыл 3-апрельдеги Ҳ-4/3-санлы қарары тийкарында Шымбай районы «Абат мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 32-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде арнаўлы жумысшы топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.
✅ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Г.Байжанова, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, секретариаты бас қәнигеси Ш.Аметов ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.
✍️Үйрениў даўамында мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Санитариялық-гигиеналық талаплардың орынланыўы, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары, Балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин туўры сақлаў ҳәм аўқат таярлаў процесслери көзден өткерилди. Сондай-ақ, билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.
📌 Район аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде бундай жәмийетлик қадағалаў ҳәм үйрениў жумыслары турақлы даўам етпекте.