



Жәмийетлик_қадағалаў
✅ Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси Атқарыў комитети Президиумының 2026-жыл 3-апрельдеги Ҳ-4/3-санлы қарары тийкарында Шымбай районы «Абат мәкан» МПЖ аймағында жайласқан 15-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде партия хызметкерлери, депутатлар ҳәм жуўапкер тараў ўәкиллеринен ибарат арнаўлы жумысшы топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.
♻️ Үйрениў барысында мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминдеги балалар ушын жаратылған шараятлар, санитариялық-гигиеналық талаплардың орынланыўы, өрт ҳәм электр қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, сондай-ақ азық-аўқат өнимлерин сақлаў ҳәм аўқат таярлаў процесслери ҳǝр тǝреплеме көзден өткерилди.
📌 Үйрениў нәтийжелери бойынша анықланған кемшиликлерди сапластырыў, балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм билимлендириў сапасын арттырыў бойынша тийисли усыныслар берилди.