Barcha yangiliklar
Депутат_мәҳәлледе
Gallery image 276315
Gallery image 276316
Gallery image 276317
Gallery image 276318
Gallery image 276319
Gallery image 276320
Gallery image 276321
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
22 Okt 2026
09:57

Депутат_мәҳәлледе

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев өзи сайланған "Гүлистан" МПЖ аймағында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты.

Әмелий илаж даўамында депутат "Гүлистан" МПЖ аймағында қурылып атырған районлық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң жаңа имаратының қурылыс процесин тиккелей орынға шыққан ҳалда үйренди.

Бул әҳмийетли социаллық жойбар Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Жойбарлаў хызметлери басқармасы (UNOPS) халықаралық шөлкеминиң грант ҳәм инвестиция қаржылары есабынан әмелге асырылмақта. Жойбарды қаржыландырыў ушын 967 мың АҚШ доллары ажыратылған болып, ҳәзирги ўақытта қурылыс-монтажлаў жумыслары белгиленген реже ҳәм кестеге толық муўапық ҳалда жедел алып барылмақта.
Болажақ заманагөй объектте заманагөй инженерлик-коммуникация ҳәм альтернатив энергия тармақлары, халық ҳәм хызметкерлер ушын барлық қолайлықларға ийе хызмет бөлмелери, жоқары анықлықта диагноз қойыў имканиятын беретуғын инновациялық лабораториялар және мийнет ҳәм қәўипсизлик талапларына толық жуўап беретуғын беккем инфраструктура жаратылыўы нәзерде тутылған.

Үйрениў жуўмақлары бойынша қурылыс сапасы ҳәм мүддетлери үстинен турақлы депутатлық қадағалаў орнатылатуғыны атап өтилди.