






Жәмийетлик_қадағалаў
♻️ Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси Атқарыў комитети Президиумының 2026-жыл 3-апрельдеги Ҳ-4/3-санлы қарары тийкарында Шымбай районы «Шахтемир» МПЖ аймағында жайласқан 23-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде арнаўлы жумысшы топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.
✅ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Ж.Алиева, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, секретариат бас қәнигеси Ш.Аметов ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.
✍️ Үйрениў даўамында жумысшы топар ағзалары тәрепинен МШБШде тәрбияланыўшылар ушын жаратылған шараятлар, балалардың сапалы билим ҳәм тәрбия алыўы, олардың азық-аўқатланыў дәрежеси, санитариялық-гигиеналық талаплардың орынланыўы ҳәм шөлкемниң улыўма инфраструктурасы ҳәр тәреплеме көзден өткерилди. Сондай-ақ, билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.
📌 Район аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде бундай жәмийетлик қадағалаў ҳәм үйрениў жумыслары турақлы даўам етпекте.