Barcha yangiliklar
«Партияға 35 жыл — 35 жаңа ағза»
Gallery image 271159
Gallery image 271160
Gallery image 271161
Gallery image 271162
Gallery image 271163
Gallery image 271164
Gallery image 271165
Gallery image 271166
Gallery image 271167
Gallery image 271168
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
20 Okt 2026
15:25

«Партияға 35 жыл — 35 жаңа ағза»

✅ Шымбай районында Өзбекстан Халық демократиялық партиясы дүзилгенлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен «Партияға 35 жыл — 35 жаңа ағза» акциясы өткерилди.

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов ҳәм белсенди жаслар қатнасты.

♻️ Бул акциядан гөзленген тийкарғы мақсет — партияның жәмийетлик турмыстағы орны, халықтың мәплерин қорғаў бағдарындағы жумысын кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм белсенди пуқараларды партия қатарына кеңирек тартыўдан ибарат болды.
Илаж даўамында депутат Х.Абдижалиев партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпалары, атап айтқанда, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, мүтәж шаңарақларға мәнзилли жәрдем көрсетиў ҳәм социаллық әдиллик принциплерин беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған системалы жумысларға толық тоқтап өтти.

📌 Илаж соңында партия қатарына жаңадан қабыл етилгенлерге ағзалық гүўалықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.