Barcha yangiliklar
УШЫРАСЫЎЛАР ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ
Gallery image 30949
Gallery image 30950
Gallery image 30951
Gallery image 30952
Gallery image 30953
ABATOV MAMBETBAY JOLDASBAEVICH
07 Fev 2025
00:00

УШЫРАСЫЎЛАР ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Хабарыңыз бар белгиленген реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары райондағы бир қатар мəкеме, кархана ҳəмде шөлкемлер менен биргеликте аймақларда ушырасыўлар өткерилип келинбекте.

Бүгин районның алыс аймақларының бири “Ийшан қала” АПЖ дағы 23-санлы мектепте аймақ турғынлары ушын Өзбекстан ХДП нан Халық депутатлары районлық Кеңесине сайланған депутат Г.Қаллибекованың ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Ушырасыўға Халық депутатлары районлық Кеңес Секретариаты баслығы Б.Искендеров, партияның районлық Кеңеси баслығы М.Мырзатаев, пуқаралар жыйыны ўәкиллери ҳəмде ғалаба хабар қураллары ўакиллери қатнасты. 

Онда аймақ турғынлары аймақтағы бир қатар машқалалары мəселелер бойынша мүрəжатлерин билдирип өтти ҳəмде келип түскен мүрəжатлар үйренилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.