Barcha yangiliklar



XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
29 Yan 2025
10:25
Мәҳәлле ўәкиллериниӊ есабаты "Есимөзек" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында шөлкемлестирилип, онда Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесине 16-Ақбеткей округинен депутат С.Жолдыбаев ҳәм аймақ турғынлары қатнасында болып өтти. У
Мәҳәлле ўәкиллериниӊ есабаты "Есимөзек" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында шөлкемлестирилип, онда Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесине 16-Ақбеткей округинен депутат С.Жолдыбаев ҳәм аймақ турғынлары қатнасында болып өтти. Ушырасыўда «Мәҳәлле жетилиги»ниӊ искерлиги, пуқаралар мүрәжатлары ҳәм олардыӊ орынланыў барысы, аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўы додаланылды. Сондай-ақ, "Ашық бюджет" мәлимлеме порталы арқалы аймақтағы әҳмийетли машқалаларды қаржыландырыў бойынша үгит-нәсият алып барылып, депутат ҳәм мәҳәлле ўәкиллериниӊ алдағы ислениўи тийис ўазыйпалары белгилеп алынды.