Barcha yangiliklar
Депутатлардың белсендилигин арттырыў мәселелери талқыланды
Gallery image 27641
Gallery image 27642
Gallery image 27643
Gallery image 27644
TILEUMURATOV SULTANBEK AMETOVICH
10 Fev 2025
15:13

Депутатлардың белсендилигин арттырыў мәселелери талқыланды

Депутатлардың белсендилигин арттырыў мәселелери талқыланды 

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис Сенатының Илим, билим ҳәм денсаулықты сақлаў комитети баслығының орынбасары, сенатор О.А.Атаниязова халық депутатлары Нөкис қаласы Кеңеси секретариатының жумысы менен танысты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Ш.Отемисов, Нөкис қаласы жергиликли Кеңес секретариат баслығы Т. Дошекенов хам Нөкис қалалық депутатлары қатнасты. 

Сөйлесиўлер даўамында Олий Мажлис Сенаты Кенесиниң “Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери жумысларын үлгили шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қабыл етилген қарар мазмуны ҳаққында кең түрде түсиник берилип, депутатлар менен пикирлесилди. Қабыл етилип атырған қарарлардың әҳмийетин түсиндириўде депутатлардың белсендилигин арттырыў керек екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң жумысын үлгили шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.