Barcha yangiliklar
Депутат_мәҳәлледе
Gallery image 228837
Gallery image 228838
Gallery image 228839
Gallery image 228840
Gallery image 228841
Gallery image 228842
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
21 Avg 2026
11:16

Депутат_мәҳәлледе

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 24-"Қ.Аўезов" сайлаў округынан Өзбекстан Халық демократиялык партиясынан сайланған депутат, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков «Темир жол гүзары» МПЖ аймағында болып, хаяд-қызлар менен ушрасты.

✅ Үйрениўлер даўамында аймақта жасайтуғын ҳаял-қызлардың турмыс шараятлары, бәндлигин тәмийинлеў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық қорғаўға байланыслы мәселелер көзден өткерилди. Соның менен бирге, ушырасыўда пуқаралар тәрепинен бәндлик, денсаўлықты сақлаў, жеңиллетилген кредитлер ажыратыў ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў бойынша түскен мүрәжатлар тыңланды.

🔹 Ушырасыў жуўмағында көтерилген мәселелерди басқышпа-басқыш шешиў ҳәм ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў бойынша ўазыйпалар белгиленип, олардың орынланыўын тәмийинлеў ушын жуўапкер тараў қәнигелерине тийисли тапсырмалар берилди.