Barcha yangiliklar
Жәмийетлик_қадағалаў
Gallery image 228821
Gallery image 228822
Gallery image 228823
Gallery image 228824
Gallery image 228825
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
20 Avg 2026
11:11

Жәмийетлик_қадағалаў

✅ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм тийисли тараў кәнигелери менен биргеликте «Қостерек» АПЖ аймағында жайласқан 35-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемесинде үйрениў жумыслары алып барылды

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Д.Ажимуратов, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурммабетов ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

♻️ Үйрениў даўамында мәкемеде санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етилиўи, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар талланды. Сондай-ақ, балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин сақлаў, таярлаў процесслери көзден өткерилди. Билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

📌 Орынларда үйрениў жумыслары даўам етпекте.