Barcha yangiliklar
Депутат_мәҳәлледе
Gallery image 228818
Gallery image 228819
Gallery image 228820
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
20 Avg 2026
11:10

Депутат_мәҳәлледе

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Д.Ажимуратов «Қостерек» АПЖ аймағында болып, халықтың жасаў шараятлары ҳәм оларды қыйнап атырған машқалаларды үйренинди.

📌 Ушырасыўлар даўамында депутат аймақ турғынларының социаллық-турмыслық жағдайы, коммуналлық хызмет көрсетиў, жол ҳәм ишимлик суўы тәмийнаты, сондай-ақ, бәнтлик ҳәм социаллық қорғаў бағдарындағы машқалалар менен жақыннан танысты. Илаж даўамында пуқаралар тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм муражаатлар кеңнен үйренилди.

🔹Үйрениўлер жуўмағында көтерилген мәселелерди унамлы шешиў, сондай-ақ, тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге депутатлық сораўнамалар жибериў бойынша керекли илажлар белгилеп алынды.