Barcha yangiliklar
Депутат_мәҳәлледе
Gallery image 228808
Gallery image 228809
Gallery image 228810
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
20 Avg 2026
11:06

Депутат_мәҳәлледе

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев «Көнши» МПЖ аймағында жайласқан Қәнигелестирилген мектепте болып, оқыў орнында шөлкемлестирилген китапхана менен жақыннан танысты.

📌 Депутат мектепте шөлкемлестирилген китапхана жумысын көзден өткерип, оқыўшылардың көркем ҳәм илимий әдебиятлар менен тәмийинлениў дәрежеси, китап қоры ҳәм оларды санластырыў барысын үйренди. Ушырасыўда оқыўшы жаслар арасында китапханлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, китапхана қорын жаңа әдебиятлар менен байытып барыў ҳәм жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

🔹Сондай-ақ, илаж даўамында депутат мектеп жәмәәти ҳәм китапханашылар менен сәўбетлесип, билимлендириў мәкемесинде китапханлық орталығын еле де раўажландырыў бойынша керекли усыныс ҳәм пикирлерин билдирди.