Barcha yangiliklar
Депутат_мәҳәлледе
Gallery image 228786
Gallery image 228787
Gallery image 228788
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
18 Avg 2026
11:00

Депутат_мәҳәлледе

Жаңа оқыў жылы жақынласып келиўи менен мектеплердиң материаллық-техникалық базасын бекемлеў ҳәм оқыўшылар ушын мүнәсип шараятлар жаратыў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири есапланады

Усы мақсетте Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев ҳәм Миллий тикланиш ДП депутатлық топары ағзасы Е.Мадреймовлар «Көнши» МПЖ аймағында жайласқан улыўма билим бериў мектеплериниң жаңа оқыў жылына таярлық жағдайларын үйренди.

✅ Депутатлар мектеплердеги имаратлардың жағдайы, оқыў класларының заманагөй инвентарьлар ҳәм сабақлықлар менен тәмийинлениўи ҳәм санитария-гигиена талапларының орынлалыўы жағдайларын көзден өткерди. Сондай-ақ, депутат мектеп жәмәәти менен ушырасып, пидагог-муғаллимлердиң усыныс ҳәм пикирлерин тыңлады.

✍️ Ушырасыў соңында оқыў процессин нәтийжели шөлкемлестириў, билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм мектептеги бар машқалаларды шешиў бойынша пикир алмасылды.