Barcha yangiliklar
Жәмийетлик_қадағалаў
Gallery image 228734
Gallery image 228735
Gallery image 228736
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
05 Avg 2026
10:47

Жәмийетлик_қадағалаў

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты, тийисли тараў кәнигелери менен биргеликте райондағы 18-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемесинде үйрениў жумыслары алып барылды.

Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты бас қәнигеси Н.Бердимуратов ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

♻️ Үйрениў даўамында мәкемеде санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етилиўи, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар талланды. Сондай-ақ, балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин сақлаў, таярлаў процесслери көзден өткерилди. Билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

📌 Орынларда үйрениў жумыслары даўам етпекте.