Barcha yangiliklar
Депутат_мәҳәлледе
Gallery image 228730
Gallery image 228731
Gallery image 228732
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
04 Avg 2026
10:46

Депутат_мәҳәлледе

 Шымбай районында пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў, олардың турмыс шараятын жақсылаў бағдарындағы әмелий жумыслар турақлы даўам етпекте.

Усы жумыслардың даўамы сыпатында 24-"Қ.Аўезов" сайлаў округынан Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан сайланған депутат, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков өзи сайланған «Темир жол гүзары» МПЖ аймағында болып, аймақ турғынлары менен ушырасты.

♻️ Ушырасыў даўамында депутат мәҳәлле белсендилери ҳәм көше бийлери менен ушырасып, аймақтағы ишки жоллардың жағдайы, электр ҳәм ишимлик суў тармақларындағы кемшиликлерди сапластырыў ҳәм аймақты абаданластырыў мәселелерин терең үйренди. Буннан тысқары, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың жасаў шараяты ҳәм жаслар бәнтлигин тәмийинлеў бойынша ашық пикирлесиў өткерилди.

✍️ Илаж соңында билдирилген ҳәр бир мүрәжат депутатлық қадағалауға алынды ҳәм олардың орынланыўы бойынша тийисли мәкеме басшыларына тапсырмалар берилди.