Barcha yangiliklar
Кадастр палатасында коррупцияның алдын алыў жағдайын үйренди
Gallery image 205843
Gallery image 205844
Gallery image 205845
Gallery image 205846
Gallery image 205847
Gallery image 205848
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
04 Avg 2026
19:15

Кадастр палатасында коррупцияның алдын алыў жағдайын үйренди

Кадастр палатасында коррупцияның алдын алыў жағдайын үйренди

📄 Өзбекстан Республикасынын 2017-жыл 3-январ күнги «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы ЎРН-419-санлы нызамы тийкарында Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариат баслығы М.Зарикеев тәрепинен Мәмлекетлик Кадастрлар палатасы Шымбай районы филиалыда коррупцияның алдын алыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди.

Үйрениў даўамында коррупцияға қарсы ишки қадағалаў системасы, пуқараларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процесслериниң ашық-айдынлығы, мүрәжатлар менен ислесиў, мәплер соқлығысыўының алдын алыў ҳәм коррупциялық қәўип-қәтерлерди азайтыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар көрип шығылды.

Сондай-ақ, тараўда ушырасыўы мүмкин болған коррупциялық факторлар бойынша жуўапкер хызметкерлер менен додалаўлар өткерилип, бар кемшиликлерди сапластырыў, хызметлердиң сапасын ҳәм ашық-айдынлығын буннан былай да арттырыў бойынша тийисли усыныслар берилди.

Үйрениў жуўмақлары бойынша анықланған мәселелер депутатлық қадағалаўға алынып, нызамшылық талапларына муўапық олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар белгиленди.