Barcha yangiliklar
ДЕПУТАТЛАР УШЫН ОҚЫЎ-СЕМИНАР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ.
Gallery image 23900
Gallery image 23901
Gallery image 23902
Gallery image 23903
Gallery image 23904
Gallery image 23905
Gallery image 23906
Gallery image 23907
Gallery image 23908
ABATOV MAMBETBAY JOLDASBAEVICH
18 Yan 2025
11:38

ДЕПУТАТЛАР УШЫН ОҚЫЎ-СЕМИНАР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ.

Бүгин район ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси басламасы менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларына оқыў семинар шөлкемлестирилди. 

Семинарда баянатшылар тәрепинен депутат жумысының нызамлылық тийкарлары, сайлаўшылардың мүрәжатлары менен ислесиўде олардың атқаратуғын хызмети ҳәм жуўапкершилигин арттырыў мәселелери көрип шығылды. 

Сондай-ақ, илажда депутатлардың сайланған округи аймағындағы машқалалар, мәмлекетлик бағдарламалардыӊ тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен орынланыўы үстинен қадағалаў, мәҳәлле белсендилери менен ислесиўди еле де күшейтиў бағдарындағы ўазыйпалар бойынша пикир алысылды