Barcha yangiliklar
Депутат_мәҳалледе
Gallery image 202220
Gallery image 202221
Gallery image 202222
Gallery image 202223
Gallery image 202224
Gallery image 202225
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
27 Iyul 2026
18:38

Депутат_мәҳалледе

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков өзи сайланған «Темир жол гүзары» МПЖ аймағында болып, көше бийлери ҳәм белсенди ҳаял-қызлар менен ушырасты.

✅ Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 16-июль күнги кеңейтирилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген әҳмийетли тапсырмалардың мазмун-мәниси ҳәм де жақын күнлер ишинде аймақта әмелге асырылатуғын илажлар режеси кеңнен түсиндирилди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамы алдынан мәмлекетимиз бойлап «Мәҳәлледе абаданлық ҳәм мийрим-шәпәәт айлығы»н жоқары көтеринки кейпиятта өткериў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Соның менен бирге, аймақтағы ҳәр бир көшеде тазалық, абаданластырыў ҳәм дөретиўшилик жумысларын жеделлестириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Бул қайырлы ислерге кең жәмийетшиликти, соның ишинде, аймақ нураныйларының бай өмирлик тәжирийбесинен пайдаланыў, ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў зүрурлиги атап өтилди.

✍️ Ушырасыў соңында қатнасыўшылар тәрепинен билдирилген усыныслар тыңланып, аймақты раўажландырыў бойынша әмелий илажлар режелестирилип алынды.