Barcha yangiliklar
#Шымбай_районы #Бир_мәҳәлле_бир_баслама #Депутат_қадағалаўы #Депутат_мәҳәлледе
Gallery image 202193
Gallery image 202194
Gallery image 202195
Gallery image 202196
Gallery image 202197
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
16 Iyul 2026
18:20

#Шымбай_районы #Бир_мәҳәлле_бир_баслама #Депутат_қадағалаўы #Депутат_мәҳәлледе

❗️Шымбай районында пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақлар инфраструктурасын раўажландырыў бағдарындағы әмелий жумыслардың даўамы сыпатында «Таза жол» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында "Бир мәҳәлле - бир баслама" акциясы шеңберинде нәўбеттеги әмелий илаж өткерилди.

♻️ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков «Таза жол» АПЖ аймағында болып, аймақта әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты.

«Таза жол» АПЖ аймағындағы Таза жол көшеси «Ашық бюджет» порталының 2026-жыл 1-басқышында 2390 даўыс жыйнап, жеңимпаз деп табылған еди. Мине бүгин «XALQABAD UNIVERSAL XIZMET MTP» ЖШЖ тәрепинен 1,5 млрд. қаржы есабынан Таза жол көшелериниң 2 километрден аслам ишки жолына асфальт төсеў жумыслары алып барылмақта. Усы жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде аймақ турғынлары ушын көп жыллық машқала өз шешимин таўып, пуқаралар ушын қәўипсиз, заманагөй ҳәм қолайлы қатнаў инфраструктурасы жаратылмақта.

Илаж соңында депутат тәрепинен қурылыс-оңлаў жумысларын техникалық талапларға сай ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша усыныслар билдирилди ҳәм депутатлық қадағалаўға алынды.