Barcha yangiliklar
Депутат_мәҳәлледе
Gallery image 202136
Gallery image 202137
Gallery image 202138
Gallery image 202139
Gallery image 202140
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
09 Iyul 2026
18:10

Депутат_мәҳәлледе

❗️ Жәмийетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәпилерин қорғаў, олардың сиясий-ҳуқықый саўатқанлығын арттырыў ҳам де бәнтлигин тәмийинлеў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири есапланады. Усы мақсетте, ӨзХДП Шымбай районлық кеңеси басламасы менен «МШБШ» БПШде ушырасыў шөлкемлестирилди.

♻️ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова, ӨзХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов ҳәм де «МШБШ» БПШ ағзалары қатнасты.

✅ Ушырасыў даўамында қатнасыўшыларға бүгинги күнде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, сондай-ақ, шаңырақлық ажырасыўлардың алдын алыў бойынша үгүт-нәсият жумыслары алып барылды. Соның менен бирге, ҳаял-қызлардың ҳуқықый билимлерин тереңлестириў, мәҳәлледеги қыз-келиншеклердиң социаллық-белсендилигин арттырыў бойынша өз-ара пикир алмасылып, олардың усыныслары тыңланды.

✍️ Илаж соңында ҳаял-қызлар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар тийисли жуўапкерлер тәрепинен айрықша қадағалаўға алынды.