Barcha yangiliklar
Депутат_ҳәм_жаслар
Gallery image 202062
Gallery image 202063
Gallery image 202064
Gallery image 202065
Gallery image 202066
Gallery image 202067
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
07 Iyul 2026
17:57

Депутат_ҳәм_жаслар

♻️ Жаслардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, олардыдың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде ӨзХДП Шымбай районлық кеңеси басламасы менен «Шахтемир» МПЖ аймағындағы Кәсип-өнер техникумында «Депутат ҳәм жаслар ушырасыўы» атамасында ушырасыў өткерилди.

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев, ӨзХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Кәсип-өнер техникумы директоры Л.Мамутова ҳәм белсенди жаслар қатнасты.

✅ Ушырасыў даўамында депутат Х.Абдижалиев тәрепинен Президентимиз тәрепинен 30-июнь - Жаслар күни мүнәсибети менен өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың мазмун-мәниси ҳаққында сөз болды. Жаслардың билим алыўы, заманагөй кәсип-өнер иелеўи, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

✍️ Илаж соңында қатнасыўшы жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаптар алды.