Barcha yangiliklar
#Сессия
Gallery image 23442
TORENOV RUSTAM ABATNIYAZOVICH
15 Yan 2025
17:40

#Сессия

2025-жыл 15-январь күни Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары районлық Кеңесиниң жетинши шақырық бесинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына сиясий партиялар, депутатлар, сектор басшылары, мәкеме, шөлкем баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияны Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Ермашев алып барды. Күн тәртибинде жети мәселе көрилип, баянатшылардың 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққындағы есабатлары, соның менен бирге районлық Кеңеси ҳәм турақлы комиссияларының 2025-жыл I-ярым жыллығына мөлшерленген тийкарғы ис-режесин тастыйықлаў мәселелери көрип шығылды. Күн тәртиби бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, тийисли қарарлар қабыл етилди.