Barcha yangiliklar
ШЫМБАЙДА "ҚУЎАНЫШ ҲӘМ МЕҲИР ҮЛЕСЕЙИК" АКЦИЯСЫ ӨТКЕРИЛДИ
Gallery image 189735
Gallery image 189736
Gallery image 189737
Gallery image 189738
Gallery image 189739
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
15 Iyul 2026
18:37

ШЫМБАЙДА "ҚУЎАНЫШ ҲӘМ МЕҲИР ҮЛЕСЕЙИК" АКЦИЯСЫ ӨТКЕРИЛДИ

 ШЫМБАЙДА "ҚУЎАНЫШ ҲӘМ МЕҲИР ҮЛЕСЕЙИК" АКЦИЯСЫ ӨТКЕРИЛДИ

♻️ Бүгин Шымбай районы «Темир жол гүзары» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 24-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде «Қуўаныш ҳәм меҳир үлесейик» атамасындағы қайырқомлық акциясы өткерилди.

✅ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова, «ӮзЛиДеП» депутатлық топары ағзасы Г.Ешмуратовалар тәрепинен шөлкемде тәрбияланып атырған балалардан жағдайынан хабар алып, балалардың қызығыўшылықлары, оларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты ҳәм шөлкем тәрбияланыўшыларына өзлериниң арнаўлы саўғаларын тапсырды.

📌 Илаж соңында депутатлар тәрепинен усы шөлкемде орын алған машқалалар үйренилип, шешими бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.