Barcha yangiliklar
“Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде ушырасыў өткерилди
Gallery image 184237
DAULETOV MAXSET KENESBAEVICH
09 Iyul 2026
15:18

“Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде ушырасыў өткерилди

 “Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде ушырасыў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова, Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық кеңеси баслығы А.Асенбаевалар тәрепинен “Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде райондағы "Жайхун" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўашы пуқаралар менен ушырасыў өткерилди.

Илаж даўамында депутат Б.Утамбетова Президентимиздиң 2026-жыл 21-февраль күни "Қарақалпақстан Республикасын 2026-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм келеси жылларға мөлшерленген бағдарламаларды тастыйықлаў ҳаққында"ғы 70-санлы қабыл етилген Қарарды ҳәм Қарақалпақстан Республикасында алып барылған кең көлемли реформалар ҳаққында түсиндирди.